ШЕТ ТИЛЛЕРИ ФАКУЛЬТЕТИНДЕ НƏЎБЕТТЕГИ ИЛИМИЙ-АМЕЛИЙ СЕМИНАР

2020 жылдыӊ 26 февраль күни Шет тиллери факультетиниӊ Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасында илимий-әмелий семинар болып өтти. Семинарды кирис сөз бенен факультет деканы И.О.Дильманов ашты ҳәм алып барды. Илимий баянатлары менен кафедра профессоры К.М. Кощанов «Илимий-изертлеў жумысларын жазыў мәселелери», кафедра доценти Г.Ж.Алламуратова «Билимлендириў системасында бизди алдымызда не күтпекте?» ҳәм 2 «А» курс талабасы Мубараков Муса «Талабаны илимге баслайтуғын жол» темалары менен шығып сөйледи.