«Қызың гөззал болсын, шайыра болсын»
НМПИ академиялық лицейинде Зульфия Исроилованың туўылған сәнесине 105 жыл толыўына арналған «Қызың гөззал болсын, шайыра болсын» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.
Ушырасыў кешесине Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Аннақлычева, Қарақалпақстан халық артисти Бийбираба Өтепбергенова, Өзбекстан халық артисти Райхан Сапарова, белгили композитор Абадан Сапарова, қарақалпақ шайырлары Г.Дәўлетова ҳәм Г.Нурлепесова, Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, қалалық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасары Г.Абибуллаева қатнасты.
Академиялық лицейде «Зульфияханым избасарлары» дөгерегиниң талантлы қызлары шайырдың қәлемине тийисли дөретпелеринен үзиндилер оқыды.