Тәбийғый пәнлер факультети жәмәәти Мойнақ районында абаданластырыў ҳәм бағ жаратыў жумысларын алып барды
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2030-жылға шекемги болған дәўирде Өзбекстан Республикасының қоршаған орталықты қорғаў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5863-санлы пәрманында республикамыз аймақларын көклемзарластырыў мәселеси белгиленген еди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тәбийғый пәнлер факультети Мойнақ қаласын көклемзарластырыўда белсене қатнаспақта.
Атап айтқанда, факультет деканы басшылығында барлық кафедра баслықлары ҳәм бир қатар профессор-оқытыўшылары менен белсенди студентлери Мойнақ районындағы «Бозатаў» АПЖ «Шағырлы» аўылына барып, «Институт оқыў-илимий полигоны» ушын ажыратылған аймақта абаданластырыў жумысларын алып барды.
Соның менен бирге көгалландырыў ҳәм бағ жаратыў мақсетинде абаданлартырылған аймақта алма, алмурт, ерик ҳәм қарели сыяқлы мийўе нәллерин отырғызып, өз белсендилигин көрсетти.