Баслаўыш тәлим факультети педагог хызметкерлери ҳәм студентлери Мойнақтағы институт бағына терек нәллерин отырғызды
Республикамыздың ең шетки аймағы есапланған Мойнақ районы бүгин өзгеше түске енген. Өйткени, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бул аймаққа үлкен итибар берилмекте. Районның келбетин қайта қурыў, көклемзарластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Бүгинги күнде республикамыздың бир қанша ўәлаят ҳәм районларынан белсенди жаслар отрядлары, сол қатары институттың баслаўыш тәлим факультети педагог хызметкерлери ҳәм студент-жаслары да «Арал тәғдири-келешек тәғдири» акциясы шеңберинде жәмленип, Мойнақ районы «Шағырлы» аўылында жайласқан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бағына барып, ҳәр түрли шийе, беки, шырша, смородина ҳәм ерик нәллерин егип, тәбиятымыздың жасарыўына өз үлеслерин қосып қайтты.
Мойнақ районының бүгинги жетискенликлерин өз көзлери менен көрип, еле де раўажланыўына аз да болса өз үлеслерин қосқанынан факультет жәмәәти ҳәм студент-жаслар оғада қуўанышлы.
Шынында да, үлкен исеним, шын ықласы менен ҳәрекет етип атырған жаслардың көмеги тарийх бетлеринде қалары сөзсиз.
