Шет тиллери факультети студенти стол тенниси бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубогы жеңимпазы болды

Февраль айында Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен спорттың стол тенниси бойынша ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы кубогы ушын жарыс өткерилген еди.

Оған институттың шет тиллери факультети студенти Дилназ Тилеўмуратова да қатнасып, барлық қарсыласларын жеңип шығып, 1-орынды ийеледи.