«Мениң арзыўымдағы Шаңарақ» атамасында пикирлесиў кешеси болып өтти

НМПИ Тарийх факультетинде академик Ж.Базарбаевтың басламасы ҳәм  басшылығында «Мениң арзыўымдағы Шаңарақ» атлы темада пикирлесиў дискуссия болып өтти.

Илажға академик Ж.Базарбаев, НМПИ Жаслар менен ислесиў бойынша проректор Қ.Қадиров, Тарийх факультети деканы М.Сарыбаев, декан орынбасарлары, кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылар, магистрантлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажды НМПИ Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қадиров ашты ҳәм алып барды.

Ортаға пикирлесиў дискуссияға, мазмуны төмендегише 13 сораў тасланды.

1.Шаңарақ (Жануя) ҳәм ониң адамзат өмиринде әҳмийети.

2.Үйлениў аңсат, үй болыў қыйын мәселеси. Некениң түрлери.

3.Шаңарақтың татыўлығының тийкары неде?

4.Шаңарақта әкениң, ананың орны қандай?

5.Жаслар турмысында ана-енениң әхмийети?

6.Шаңарақта баланың орны қандай?

7.Неше жастан турмыс қурыў мақул?

8.Шаңарақтың бузылыўының себеплери неде?

9.Ерли зайыплылардың қызғаныўына қалай қарайсыз?

10.Шығыс ҳәм Батыс Шаңарақларының айырмашылығы.

11.Дүньяда таралып атырған ғалабалық мәденияттың бизиң дәстүрлеримизге ҳәм Шаңарақтың келешегине тәсири қандай?

12.Үйлениў тойларын өткизиў ҳәм үйлениўге байланыслы дәстүрлерге ҳәм қалың малға қалай қарайсыз?

13.Дүньяда Шаңарақтың келешеги қалай болады?

сыяқлы мәселелер ортаға тасланды.

Дискуссияда профессор-оқытыўшылар, магистрантлар ҳәм студентлер өзлериниң пикирлерин бөлисти.