ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Иммунитетти күшейтиў ушын қандай өнимлерден пайдаланыў керек? Қәнигениң усыныслары

Медицина илимлериниң докторы, профессор Хайрулла Мустафоев «Өзбекстан 24» телеканалына берген интервьюсында адам иммун системасын күшейтиў ушын пайдаланылатуғын өнимлер бойынша өз усынысларын берди.

«Жоқары калориялы тағамлардан пайдаланыў керек, бунда жас категориясына да қараў керек. Жасы үлкенлер майсыз мал гөшин пайдаланыўы керек. Адам қыстан ҳәлсизленип шығады. Сол себепли, витаминге бай ҳәр қыйлы салатларды жеў керек.

Әлбетте, бул тек ғана гөш жеў керек дегени емес. Ҳәр күни мәйек, дәнли өнимлерди жеп турыў керек. Ҳәптелик меню дүзип, оның ҳәр қыйлы болыўына итибар қаратыўды усыныс етемен», — деди профессор.

Соның менен бирге, профессор ҳәр қыйлы өнимлерди пайдаланыў ҳаққында Интернетте жәрияланып атырған усыныслардың ҳәммесине де әмел ете бермеўди сорады.

Профессордың атап өтиўинше, айырым мәсләҳәтлер өтирик мәсләҳәтлер болса, айырымлар өз шараяты, климатынан келип шығып мәсләҳәтлер береди.

«Олар лабораторияларда отырып илимий жумыс пенен шуғылланатуғын илимпазлар. Олар бизлердиң климатымыз, үрп-әдетлеримиз, турмыс тәризимизди билместен мәсләҳәт береди. Адамлар болса оларға исенип, сол усынысларға әмел етеди», — деди профессор.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.