ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Спиртли ишимликлер коронавирустан қорғай ма? Бул ҳаққында телефонларға келип атырған SMS-хабарнамалар қаншелли ҳақыйқат?

Хабарыңыз бар, усы күнлерде халқымыз арасында коронавирус инфекциясынан қорғаныў бойынша ҳәр қыйлы тийкарлы ҳәм тийкарсыз хабарлар тарқалмақта. Бизге мәлим болыўынша, елимизде айырым инсанлар арасында спиртли ишимликлер коронавирустан қорғайды, деген тийкарсыз пикирлер ушыраспақта.   

 

Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги пуқараларды коронавирус қәўпинен ескертиў мақсетинде олардың уялы байланыс телефонларына SMS-хабарнамалар жибермекте. Хабарларда санитариялық ҳәм гигиеналық қағыйдаларға әмел етиў, қолларды тез-тезден сабынлап жуўыў кереклиги жазылған.

Социаллық тармақларда Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен жиберилип атырған SMS-хабарнамалардың және бир түри тарқалмақта. Онда «Денсаўлықты сақлаў министрлиги ескертеди: Коронавирустан қорғаныў ушын алкоголь өнимлерин тез-тезден ишип турыў керек», деп жазылған. Бул хабарлар өтирик болып, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен пуқаралардың телефонларына бундай хабарлар жиберилмеген.

 

Бул жағдай бойынша министрлик төмендегилерди мәлим етти.

 

«Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде халықтың санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўи ҳәм профилактикалық илажлар көриў бойынша SMS-хабарнамалар жибериў системасы жолға қойылды.

Оларда тийкарынан, қолларды тез-тезден жақсылап жуўыў, аязлаған адамлар менен сөйлеспеў, бетти қол менен усламаў, жәмийетлик орынларға барыўды азайтыў, жөтелгенде ҳәм түшкиргенде аўыз ҳәм мурынды жабыў сыяқлы әпиўайы, бирақ әҳмийетли гигиеналық қағыйдалар жәрияланып барылмақта.

Тилекке қарсы, бул SMS-хабарнамаларды надурыс түсиндириў, мазмунын жасалма түрде өзгертип бериў арқалы халық арасында ғалаўыт пайда етип атырғанлар да ушырамақта. Атап айтқанда, социаллық тармақларда министрликтиң атынан «коронавирустан сақланыў ушын алкоголь өнимлеринен тез-тезден пайдаланыў керек» мазмунындағы хабарлар улыўма өтирик ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бундай SMS-хабарлар жиберилмеген. Қәнигелердиң шешимине қарағанда, алкоголь өнимлеринен пайдаланыў коронавирус инфекциясынан қорғай алмайды».

 

Министрлик усы орында халықтан артықша ҳаўлықпаға берилместен, жеке гигиеналық қағыйдаларға қатаң түрде әмел етиўди сорамақта.

 

Усы орында Египеттиң «SasaPost» басылымы тәрепинен жәрияланған дүньяда коронавирусқа қарсы гүресиў ҳаққындағы ең тийкарсыз мағлыўматларды келтирип өтиў орынлы. Себеби, олар арасында алкоголь ҳәм спиртли ишимликлер коронавирустан қорғайды, деген мағлыўматлардың надурыс екенлиги көрсетилген.

 

«IRIB» телерадиокорпорациясының хабар бериўинше, Иранның Хузестан провинциясында коронавирустан қорғаныў мақсетинде қолдан соғылған арақ ишип, зәҳәрленген пуқаралардан 36 адам қайтыс болған.

 

Атап өтилиўинше, сол ўақытта алкогольдан зәҳәрленген 170 адам емлеўханаға мүрәжат еткен. Қайтыс болғанлардың орташа жасы 30-31 жасты қураған.

 

Соның менен бирге, Иранның Альборз провинциясының прокуратурасы Тегеран жақынында 7 адам метил спиртинен зәҳәрленип, өмирден көз жумғанын мәлим еткен еди. Хабарларға қарағанда, қайтыс болғанлар Интернет арқалы алкоголь ҳәм спиртли ишимликлер коронавирусқа қарсы дәри сыпатында жәрдем береди, деген фейк хабарларға исенген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.