ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Интернет ҳәм телефон байланысы төлемлери бойынша хабар

Министрлер Кабинетиниң «Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, пуқаралар тәрепинен Интернет ҳәм телефон байланысы ушын төлемлер өз ўақтында төленбегени менен олардың 2 ай даўамында байланыс тармақларынан өширилиўине жол қойылмайды.

Барлық шөлкемлердиң тийкарғы жумысларына тәсир етпеген ҳалда нызамшылықта белгиленген тәртипте хызметкерлер мийнет дем алысына шығарылады, басқа бөлимлердиң жумыслары максимал дәрежеде аралықтан турып шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков.