ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбекстанда коронавирус кеселлигинен дерлик емленип болған наўқаслар ҳаққында мағлыўмат берилди

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң директоры, бас санитариялық врач Баҳром Алматов бүгин Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде шөлкемлестирилген брифингде коронавирус кеселлигинен дерлик емленип болған наўқаслар ҳаққында мағлыўмат берди.

— Коронавирус кеселлигине шалынған наўқасларда унамлы өзгерислер бар. Бул кеселликке шалынған 5 наўқаста кеселлик белгилери жоқ болған, өзлерин жақсы сезип атыр.

Оларды және 14 күн изоляторда сақлап, кейин үйлерине жуўап беремиз, — деди Баҳром Алматов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.