ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Бас санитария врачы Өзбекстанда биринши коронавирус инфекциясы анықланған наўқастан кеселлик қалай тарқалғанын мәлим етти

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң директоры Баҳром Алматов 24-март күни Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде шөлкемлестирилген штабта өткерилген брифинг даўамында Франциядан қайтқан биринши өзбекстанлы наўқастан кеселликтиң тарқалыў шынжырын мәлим етти.

 

«Францияда болған биринши наўқас Өзбекстанға қайтқаннан соң үйинде 35 адам қатнасыўында салтанатлы мәресим өткерген. Ҳәзирги ўақытта сол 35 адамның 13 инде кеселлик дизимге алынған. Ол Өзбекстанға 250 адам менен бирге ушып келген, жолаўшылар менен де байланыста болған. Аэропорттан шыққаннан соң, жеке автомобилинде болған шаңарақ ағзаларына кеселликти жуқтырған. Жумыс орнына барып, ол жерде ислеп атырған 80 хызметкер ҳәм 42 наўқас пенен де байланыста болған.

Бул шынжыр даўам етеди. Биринши наўқас ислеген жеке меншик емлеў мәкемесиндеги хызметкерлер де өз шаңарағына барады, таныс-билислери менен көриседи, өмири даўамында ҳәр күни қатнайтуғын орынларға, мәселен, дүкан, шаштәрезхана, базарға барыўы мүмкин – усы процесте оғада көплеген адамлар менен байланыста болады. Бунда кеселликтиң тарқалыў шынжыры геометриялық прогрессия тәризинде өсип кетиўи мүмкин.

Бизиң жағдайымызда дәслепки кеселлениў жағдайы анықланғаннан соң, тезлик пенен наўқастың шаңарағы, жумыс орнында өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде кеселликке шалынғанлардың болжаўлы контингенти толық дизимге алынып, айрықша мәкемелерге карантинге орналастырылған. Олар күнине еки мезгиз инфекционист тексериўинен өткерилип, температурасы өлшенип, оларда коронавирус бар ямаса жоқ екенлигин тексериў жумыслары өткерилмекте», -деди Баҳром Алматов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.