Қарақалпақстанда 546 пуқара медициналық бақлаўға алынған. Олардың жағдайы қандай?
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ә.Жийемуратовтың Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайына тийкарланып хабар бериўинше, бүгинги күнге шекем Қытай Халық Республикасы, Қубла Корея ҳәм Япония сыяқлы мәмлекетлерден Қарақалпақстан Республикасы аймағына кирип келген 546 пуқара медициналық бақлаў астына алынған, олардан 89 пуқара ҳеш қандай кеселлик белгилери жүзеге келмегенликтен 14 күнлик бақлаў астынан шығарылған.
Коронавирус пенен кеселленгенлер ҳәм олар менен байланыста болған пуқаралар ушын Нөкис районында 100, Тақыятас районында 100 ҳәм Нөкис қаласында 250 койкаға мөлшерленген орынлар ажратылған ҳәм барлық шараятлар жаратылган. Егер кеселлиги анықланған наўқас дизимге алынса Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 120 орын және қала ҳәм районларда 195 орын шөлкемлестирилген.