ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Студентлер дем алыста нелер менен бәнт?

Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 16-март күнинен баслап республикамыздағы барлық билимлендириў мәкемелери қатарында жоқары оқыў орынларында да карантин жәрияланып, мүддетинен алдын еки ҳәптелик (ҳәзирше) дем алыс берилди ҳәм оқыўлар тоқтатылды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында проректорлар, факультет деканлары, профессор-оқытыўшылардан ибарат штаблар дүзилип, студентлердиң дем алысқа шығыўы менен байланыслы шөлкемлестириў жумыслары алып барылды.

Ҳәзирги ўақытта институтта улыўма 10 221 студент билим алып атырған болып, соннан 7146 сы бакалавр, 223 и магистратура бағдарларында, 1531 студент арнаўлы сыртқы, 1247 студент сыртқы бөлимде ҳәм 74 студент екинши қәнигеликте оқыйды.

Студент-жаслардың басым көпшилиги, анықлаў етип айтқанда, 8990 студент Қарақалпақстан Республикасынан болып, 27 си қоңсылас Түркменстан Республикасынан, қалғанлары ўәлаятлардан келип оқып атырған жаслар болып табылады.

 

Хош, дем алыс ўақтында усы студентлер нелер менен бәнт? Усы сораўға жуўап алыў мақсетинде олар менен байланыстық.

 

Тарийх факультетиниң студенти Мамет Тойлиев:

— Достым Қаҳрамон Бабажанов пенен институттың тарийх факультетинде оқыймыз, — дейди түркменстанлы студент Мамет Тойлиев. – Институт ректораты, факультетимиз деканаты ҳәм топар басшыларымыз ҳәр күни биз бенен онлайн түрде байланыста болып, ҳал-жағдайларымыздан хабар алып турыпты. Наўрыз байрамы күни факультетимиз декан орынбасары Д.Реймов бизлерди үйине мийманға шақырып, қарақалпақ халқының миллий тағамларының бири – гүртик пенен сыйлады. Ҳәзир Нөкис қаласындағы әғайинимниң үйиндемен. Ата-анам да, әғайинлерим де, өзим де институт жәмәәтинен миннетдармыз. Бос ўақтымда әдебий китаплар оқып атырман.

 

Тәбийғый пәнлер факультетиниң студенти Дилноза Асқарова:

— Институттың тәбийғый пәнлер факультети химияны оқытыў методикасы бағдарының 3-курсында оқып атырман. Ҳәзирги ўақытта Әмиўдәрья районындағы әғайинимниң үйиндемен. Бос ўақытларымда қәнигелигиме байланыслы китапларды оқып атырман. Әсиресе, институттың рәсмий веб-сайты ҳәм оның социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары, сондай-ақ, жақында шөлкемлестирилген @eduuz_online Телеграм каналы арқалы жәрияланып атырған онлайн-сабақлардың барлығын бақлап барып атырман. Институт жәмәәти, профессор-оқытыўшылар менен социаллық тармақлар арқалы ҳәр күни байланысып, түсинбеген сораўларымызға жуўап алып атырмыз.

 

Түркий тиллер факультетиниң 2-курс студенти Насиба Алламова:

— Мен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының түркий тиллер факультети түркмен тили ҳәм әдебияты бағдарында оқып атырман. Карантинге байланыслы дем алыс берилгени ушын ата-анам ҳәм өзимниң қәлеўим бойынша Қарақалпақстандағы әғайинлеримниң үйинде қалдым. Бос ўақытларымда түркмен ҳәм қарақалпақ әдебияты ҳаққындағы илимий мийнетлерди оқып атырман. Соның менен бирге, Дейл Карнегидиң «Өз-өзимизге исеним пайда етиў ҳәм халық алдында сөйлеў өнери» китабын оқып, пайдалы мағлыўматларға ийе болып атырман.

 

Түркий тиллер факультетиниң 2-курс студенти Меред Мередов:

— Мен институттың түркий тиллер факультети түркмен тили ҳәм әдебияты бағдарында оқыйман. Ҳәзирги ўақытта коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде жәрияланған карантин дәўиринде Қарақалпақстандағы әғайинимниң үйиндемен. Интернет тармағы арқалы институт ректораты ҳәм профессор-оқытыўшылар менен тығыз байланыстамыз. Сабақларымызды онлайн түрде даўам еттирип, билимлеримизди жетилистирип атырмыз. Ата-анамның да кеўли тоқ. Институт жәмәәти олар менен де байланысып, ҳәр күни жағдайларымыз ҳаққында мағлыўмат берип турыпты. Ата-анам олардан шексиз миннетдар. Бос ўақытларымда қарақалпақ халқының белгили жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергеновтың «Бахытсызлар» ҳәм «Түсиниксизлер» романларын оқып атырман.

 

Қоңсылас Түркменстан Республикасынан келип, жоқары билим алыўды мақсет еткен жаслар дем алыста китап оқып, билимлерин жетилистирип ғана қоймастан, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ҳәр күни ескертилип атырған санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға да қатаң түрде әмел етпекте.

 

Мағлыўмат орнында айта кететуғын болсақ, карантин жәрияланып, студентлер дем алысқа шығарылған күнниң өзинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Түркменстан Республикасынан келип оқып атырған 27 студенттиң өзлери ҳәм ата-аналарының сораныўы бойынша Қарақалпақстандағы жақын ағайин-туўысқанларының үйлерине жетип барыўы толық тәмийинленди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.