ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақстанға қанша адам сырт еллерден кирип келген? Олардың нешеўи бақлаўға алынған?

Республика аймағына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажларды муўапықластырыў штабының мағлыўматларына қарағанда, усы күнге шекем республикамызға 2000 транспорт (соннан 1936 автотранспорт, 30 поезд, 38 самолёт) кирип келген. Усы транспортларда кирип келген 15657 пуқараның 2618и сырт ел пуқаралары болып есапланады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ә.Жийемуратов хабар берди.

– Бүгинги күнге шекем 641 пуқара медициналық бақлаўға алынды, солардың 101 и карантин даўамында коронавирус кеселлиги анықланбағаны ушын 14 күнлик медициналық бақлаўдан шығарылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының биринши орынбасары, Муўапықластырыўшы штаб баслығының орынбасары Б.Оразбаев. – Ҳәзирги ўақытта жағдай толық қадағалаўға алынып, район (қала)лық медицина бирлеспелеринде ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларында тийисли хызметлер менен биргеликте оператив штаблар ислеп турыпты.

Коронавирус анықланғанда тез медициналық жәрдем хызметин шөлкемлестириў мақсетинде Нөкис қаласында 3, районларда 16 арнаўлы тез медициналық жәрдем көрсетиў бригадалары шөлкемлестирилди.