ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Коронавирус пенен наўқасланған наманганлы пуқара қайтыс болды. Қайтыс болыўы себеби коронавирус емес…

Усы жылдың 26-март күни созылмалы кеселликлер менен диспансерлик қадағалаўда болған наманганлы 72 жаслы Р. Коронавирус инфекциясы диагнозы менен ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасына жатқарылған еди. Сол күни саат 23:00 лер әтирапында арнаўлы лабораториялық анализлер нәтийжесинде онда усы инфекция анықланған. Наўқасқа бул инфекция 12-март күни Түркия сапарынан қайтқан ҳәм наўқаслығы тастыйықланып, карантинге алынған қызы М. дан жуққанлығы дәлилленген.

Наўқас узақ жыллар даўамында қантлы диабет, созылмалы өткир жүрек жетиспеўшилиги ҳәм басқа кеселликлер менен емленип келген.

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, бул пуқара бүгин таңғы саат 04:30 да шыпакерлердиң реанимациялық емлеў илажларына қарамастан өткир миокард инфарктынан қайтыс болған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.