ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Әндижанда да наўқаслар анықланды

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлар саны 8 ге көбейип, улыўма саны 83 адамды қурамақта. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Мағлыўматларға қарағанда, усы инфекцияны жуқтырып алғанлардың 5 еўи Ташкент қаласында, үшеўи болса Әндижанда дизимге алынған.

Мағлыўмат ушын, алдын коронавирус инфекциясына шалынғанлар саны 10 ға көбейип, наўқасланғанлардың улыўма саны 75 ке жеткен еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.