ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қазақстанда коронавирустан дәслепки өлимшилик жағдайы дизимге алынды. Қоңсылас мәмлекетте жағдай қандай?

Қазақстанда коронавирус инфекциясын жуқтырған адамлардың бири қайтыс болды. Бул ҳаққында Қазақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм жәмийетлик раўажланыў министри Дәўрен Абаев мәлим етти.

— Ҳүрметли ўатанласлар, тилекке қарсы, Қазақстан пуқарасы коронавирустан қайтыс болды. Жақынлары ҳәм туўған-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз. Ертең Нур-Султан қалалық денсаўлықты сақлаў басқармасы медициналық мағлыўматларды қосып, толық мағлыўмат береди. Бул жағдай коронавирустың қәўпин және бир мәрте ескертпекте, — деди министр.

27-март күни саат 07:50 деги мағлыўматларға қарағанда, Қазақстанда коронавирус инфекциясын жуқтырып алғанлығы анықланғанлар саны 120 адамға жеткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.