ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбекстанда коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслар ҳаққында жаңа мағлыўматлар берилди

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлығы анықланғанлар саны 83 адамды қурамақта. Олардың 35 и еркек, 48 и ҳаял-қызлар болып табылады. Соннан 5 еўи ержетпеген балалардан ибарат. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

 

Жас категориясы бойынша алып қарағанда:

 

0-9 жасқа шекемгилер – 5 адам;

10-19 жасқа шекемгилер – 2 адам;

20-29 жасқа шекемгилер – 24 адам;

30-39 жасқа шекемгилер – 17 адам;

40-49 жасқа шекемгилер – 16 адам;

50-59 жасқа шекемгилер – 11 адам;

60-69 жасқа шекемгилер – 7 адам;

70-79 жасқа шекемги болғанлар ҳәм 1 пуқара (миокард инфарктынан қайтыс болған наўқас) қурамақта.

 

Ҳәзирги ўақытқа шекем Франция, Түркия, БАӘ, Россия, Саудия Арабстаны және Швейцария мәмлекетлеринде болып қайтқан 23 пуқарада коронавирус инфекциясы анықланған болып, 60 пуқара болса олар менен жақын байланыста болғаны ушын жуқтырып алған.

 

Ҳәзирги ўақытта коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлардың 6 ўы Ферғана, 5 еўи Наманган ҳәм 3 еўи Әндижан ўәлаятларындағы жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Усы жылдың 22-март күни Стамбул-Бухара чартер рейсинде елимизге алып келинип, карантинге алынған пуқаралар арасынан Ташкент қаласы, Ташкент ҳәм Әндижан ўәлаятынан 3 адамда да коронавирус инфекциясы анықланған. Ҳәзирги ўақытта бул наўқаслар Бухара ўәлаятлық жуқпалы кеселликлерге қәнигелескен емлеўханада емленбекте. Қалған наўқаслар болса Ташкент қаласындағы Вирусологиялық илимий тексериў институтының клиникасына жатқарылған. Шыпакерлер тәрепинен барлық наўқасларға стандартлар тийкарында емлеў илажлары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.