ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қала ҳәм районлар арасындағы транспорт қатнаўлары, зәрүр болмағанда үйден шығыў шекленеди. Жәмийетлик орынларда 3 адамнан артық адам топланыўы қадаған етиледи

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық, коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссиясының қарары тийкарында бир қатар шеклеўлер орнатылып, белгили бир илажлар көрилмекте.

 

Атап айтқанда, 27-март күни саат 10:00 ден баслап ўәлаятлар аралық транспорт қураллары (автобус, автомобиль, қалалар аралық такси, авиа, темир жол транспорты)ның ҳәрекети (жүк тасыў жағдайлары буған кирмейди) пүткиллей тоқтатылды. Бунда белгили бир аймаққа тийисли автотранспортлардың (транзит) өз аймақларына кирип барыўына рухсат бериледи.

 

Сондай-ақ, ўәлаятлар қурамындағы қала ҳәм районлар аралық транспорт қатнаўы ҳәрекетлери де ўақытша шекленеди.

 

Елимиз пуқараларының денсаўлығын қорғаў мақсетинде зәрүр болмаған жағдайларда (хызмет түрлерин әмелге асыратуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер және жәмийетлик шөлкемлердиң хызметкерлеринен тысқары), үйинен сыртқа шығыўы шекленеди. Оғада зәрүр жағдайларда ғана көшеге шыққанда (дәрихана, азық-аўқат дүканлары) – жеке қорғаныў қуралларында (нықапларда) болыўы шәрт. Егер пуқаралар үйинен сыртқа жеке қорғаныў қуралысыз (нықапсыз) шықса, нызамда белгиленген тәртипте жәриймаға тартылады. Яғный базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарында – 1 115 000 сум жәрийма қолланылады.

 

Сондай-ақ, эпидемиологиялық жағдайды есапқа ала отырып, пуқаралар өз ара сәўбетлесиў даўамында еки метр аралықты сақлаўы шәрт. Көшеде ҳәм жәмийетлик орынларда 3 адамнан аслам адамлардың топланыўына шеклеў орнатылады. Бул қадаған етиў илажлары бир ўақыттың өзинде ҳәрекетленип баратырған шаңараққа қарата қолланылмайды.

 

Республика аймағындағы барлық кеўил ашар объектлер, соның ишинде, ресторан, кафе, асхана, чайхана сыяқлы исбилерменлик субъектлери (үйге жеткерип бериў хызмети буған кирмейди) елимиздеги эпидемиологиялық жағдай турақласпағанға шекем жумысларын тоқтатпастан, даўам еттирип атырған исбилерменлик субъеклерине кескин жаза шаралары көрилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.