ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбекстан Ишки ислер министрлиги карантин ўақтында жолаўшы тасыў менен байланыслы жағдайға анықлық киргизди

«Мен «Damas» автомашинасында жолаўшы тасыйман, 7 адамлап. Бул топланып жүриўге кире ме? Жолаўшылар да ҳәр қыйлы жерден, ҳәр түрли. Бундай жағдайда не ислеў керек?» деген мазмундағы сораўға ӨзР Ишки ислер министрлигиниң баспасөз хаткери Шохруҳ Ғиёсов төмендегише жуўап берди:

«Карантин тәртибинен келип шығып, 30-марттан баслап Ташкент қаласында, Нөкис қаласында ҳәм ўәлаят орайларында жолаўшы тасыў қатаң түрде қадаған етилген. Егер лицензияңыз болса, тек ғана жүк тасыў ямаса курьерлик хызметин әмелге асырыўыңыз мүмкин. Егер сизиң жолаўшы тасыў менен шуғылланып атырғаныңыз анықланса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 54-статьясының 2-бөлими тийкарында жуўапкершиликке тартыласыз»

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.