2019-2020-оқыў жылында қоңсылас мәмлекетлердеги жоқары оқыў орынларынан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына оқыўын көшириўге усыныс етилген студентлердиң дыққатына!
Институтқа оқыўын көшириў ҳәм оқыўын даўам еттириў менен байланыслы болған барлық сораўларыңызға институтта шөлкемлестирилген Мәсләҳәт орайының төмендеги телефон номерлери арқалы жуўап алыўыңыз мүмкин:
☎️+99861 2294068
☎️+99861 2294069
☎️+99861 2299550
Сондай-ақ, Телеграм тармағы арқалы https://t.me/nmpi_perevod мәнзилине мүрәжат етиў арқалы толық жуўап алыў имканияты бар екенлигин еслетип өтемиз.
Оқыўын көширген ҳәм аралықтан оқытыў процесинде қатнаспақшы болған студентлер институттың moodle.ndpi.uz платформасы арқалы сабақларға қатнасыўы мүмкин. Тармаққа кириў ушын арнаўлы логин ҳәм кодты факультетлер деканларының оқыў ислери бойынша орынбасарларына мүрәжат етиў арқалы алыўыңызды сораймыз.