ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Келешек жаслар қолында!

Әжинияз атындағы Нɵкис мəмлекетлик педагогикалық институты өзиниң бир әсирге шамалас тарийхына ийе. Институт XXI əcирге келип, халық аралық майданда танымалы жоқары оқыў орынлары менен әдебий, мәдений ҳәм оқыў-методикалық жумыслар бойынша бирге ислесиўлерди жолға қойып, кɵплеген жетискенликлерге ерисип келмекте.

Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрель кунги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 2909-санлы қарары жоқарыдағы пикиримизди толық тастыйықлайды.

      Қарарда корсетилгениндей, АҚШ, Уллы Британия, Франция, Италия, Нидерландия, Россия, Япония, Қубла Корея, Қытай ҳәм усы сыяқлы басқа мәмлекетлерден жоқары маманлыққа йие педагог және илимпазлардын елимиздин жоқары оқыў орынларындағы оқыў процессинде, лекция, семинар ҳәм әмелий сабақларда, тәжирийбе откерип, сабақларында бирге ислесиўлер бизлер ушын қолайлы шараят жаратса, оқыўшылардын критикалық ҳәм анализлеў көнликпелерин ҳәм тәжирийбелерин қәлиплестириў, бир сөз бенен айтқанда, оқыў сапасын асырыўға хызмет етеди.

Усы жерде, ата-бабаларымыздың «тил билген – ел биледи» деген ибарасы орынлы еске туседи. Заман талабына сай «тил – миллетлер арасындағы көпир хызметин атқарады, тил үйренип сол көпирден мәрдана өткен адамның алдында жаңа әлемниң есиги ашылады» деген пайда болған даналық сөзлери де турмыстан топланған тажирийбелери, бақлаўлары нәтийжесинде жүзеге келген ақыл сөзлер. Себеби, дүнья еллери менен бирге ислесиўде, тәжирийбе алмасыўда, сондай-ақ, әдебий, мәдений қарым-қатнасларды беккемлеўде халық аралық тиллер бизлердиң ең уллы қуралымыз болып есапланады.

2012-жыл 10-декабрьдеги Биринши Президентимиздин ПҚ 1875-санлы «Шет тиллерин үйрениў системасын еле де раўажландырыў ис илажлары ҳаққында»ғы қарарында инглис тилине айырықша итибар қаратылып, усы тилди халқымызға тереңнен үйретиў нəзерде тутылған еди.

Ал, 2017 жыл 11 августтағы Өзбекстан Республикасы Министрлер  Кабинетиниң 610-санлы «Билимлендириў мекемелеринде шет тиллерин үйретиўдиң сапасын жəне де котериў илəжлары» ҳаққындағы қарарында да өсип қиятырган жас əўладты үзликсиз билимлендириўдиң барлық басқышында шет тиллерине уйретиўдиң сапасына, шет тиллеринде еркин сойлейтуғын қанигелерди жетилистириўге айрықша итибар қаратылған.

  

Сонлықтан да, институтимиздағы Шет тиллери факультети елимиздиң келешек кадрларына бул қуралдан еркин пайдаланыўы, жоқарыда атап өтилгениндей халық аралық байланысларды беккемлеўи ушын қолда мүмкиншиликлерден пайдаланған ҳалда белсендилик көрсетип келмекте. Шет тиллери факультети қурамындағы рус тили хəм əдебияты, инглис тили хəм əдебияты хəм шет тиллери факультетлер аралық кафедраларының ағзалары да ɵз ўазыйпаларын атқарыўда үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасамақта. Кафедраларымызда бир-катар тәжирийбели профессор-оқытыўшылар факультет студентлерине шет тиллери билимлерин тереңнен үйрениў теориялары ҳәм əмелияты бойынша жалықпастан жол көрсетип келмекте.

Факультетимизде республикамызға белгили, жас улкен педагог-алымлардан профессор Кутлымурат Кощанов, Зульфия Шамуратова, Мақсет Алламбергенов, Роза Рзаева, Райхан Бекмуратова, Тажетдин Халмуратов, Нигара Орымбетова сияқлы филология илимлериниң кандидатлары ҳам аға оқытыўшылардын тажирийбелери жасларға өрнек болмақта.

Инглис тили хəм əдебияты хəм шет тиллери кафедраларында да  усындай тилге тийек болар устазлар баршылық.

2017-жылы 7-февральда ПФ 4947–санлы «Ѳзбекстан Республикасын еле де раўажландырыў бойынша Ҳəрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёевтин Пəрманын турмысқа ендириў жолында Шет тиллери факультети соңғы үш жыл даўамында бир қатар табысларды қолға кирзигди десек, асыра айтқан болмаймыз.  Ҳəзирги уақытта зийрек студентлеримиздиң саны күннен-күнге артып бармақта. Студент жасларымыз сабақларынан айрықша баҳаларға оқыўы ҳәм институттың жәмийетлик жумысларына белсене қатнасыўының нәтийсесинде мəмлекетлик стипендия ийелерине айланбақты. Инглис тили хəм əдебияты қәнигелигиниң студенти Ғаниева Зухра хəм Оразғалиева Айжамал илимий басшылары Гульзира Қдырбаева ҳам Гульмира Усеновалардын илимий басшылығында Ә.Наўайы атындағы мəмлекетлик стипендиаты болыўға, Азатбаева Мияссар И.Юсупов атындағы мəмлекетлик стипендия ийлерине айланса, рус тили хəм əдебияты магистранты Махамбетова Сағида Америка ҳүкиметиниң грант-стипендиясын қолға киргизди.

Ҳақыйқатында да, хəзирги заманда мəмлекетимизде иске асырылып атырған Ҳəрекетлер стратегиясы натийжелерин ɵз жасларымызда кɵрсек болады, ɵз хəрекетлеримизде сезе аламыз. Мəмлекет берген мүмкиншиликлерден орынлы пайдаланыў бизлерге мийуели дарақ киби ɵсип-өниўимизге имканиятлар есигин ашпақта. Бизиң факультет пенен сырт еллердиң университетлери, институтлары, илим иззертлеў дәргайлары бирге ислесиў бойынша қарым-қатнаста болыўға ɵз қызығыўшылығын билдирди. Сонлықтан, Хожа Ахмет Яссаўий атындағы түрк-қазақ университети профессоры, педагогика илимлериниң докторы Гүльфайруз апамыз факультетимиздиң студент жасларына илимий семинарлар ɵткизип атыр.

Факультетимиз Кубань мəмлекетлик университети менен де қарым-қатнасты беккемлеп, университеттиң профессор-оқытыўшылары менен өз ара тәжирийбе алмасыў жумыслары жақсы жолға қойылған. Университеттиң Бодоньи Марина Алексеевна, Юлия Гакаме, Кызларгуль Тангир, Андрей Остапенко, Елена Шлюбуль сыяқлы тәжирийбели профессор-оқытыўшылары факультетимизде студент жасларымызға арнап бир катар семинарлар ɵткизди.

Жақын арада бизиң факультетке мийман болып келген Россия халықлар дослығы университетиниң  мигрантларды таярлаў билимлендириў мектеби директорының орынбасары Андрей Колесников студент жаслар менен ушырасып, институтымызды еле де раўажландырыў бойынша Россия университети ɵз үлесин қосыўға таярлығын айта келип, алдымызда  орнатылып атырған қарым-қатнасларларға өзиним унамлы пикирлерин билдирди. Келешекке белгилеген мақсетимиз – бул устазларымызды, студент жасларымызды заманагɵй оқыў процесслери хəм оқытыў усыллары менен таныстырыў, хəм де ɵзимиздин амелиятымызды ен жайдырыў болып табылады.

Бүгинги күнде факультетимиздин инглис тили хəм əдебияты ҳəмде рус тили хəм əдебияты қәнигелигиниң  судентлери Қазақстан мəмлекетинде жайласқан Л.Н.Гумилёв атындағы Евразия миллий университетинде оқып қайтқан болса, жəне бир топары Ѳзбекстан Жəхан тиллери университети, сондай-ақ, Низами атындағы Ташкент мəмлекетлик педагогикалық университетинде өз тажирийбелерин арттырып қайтты.

  Ҳəзирги ўақытта кафедраларымыз  улыўма билим бериў мектеплери менен де биргеликте кɵплеген жумыслар әмелге асырып атыр. Кафедра ағзалары Элликқала, Тɵрткүл, Хожели, Мойнақ районларында жайласқан мектеплериниң шет тили пәни оқытыўшыларына методикалық жəрдем кɵрсетиўде ɵз үлесерин қосып атыр.

Тәлим-тәрбия жумысларының раўажланғанлығын факультет студентлериниң спорт жарысларындағы белсендилигинен де аңлаў мүмкин. Рус тили хəм əдебияты қәнигелигин студенти Далибаева Шахноза «Универсиада 2020» спорт-жарысында  жоқары оқыў орынлары арасында сыйлы орынды қолға киргизип қайтты. Ал, Инглис тили ҳам адебияты  қәнигелигин студенти Қадамбаева Камола болса, Нокис қаласында барлық жоқары оқыў орынлары студент жаслар арасында откерилген “Студентлар шахмат тахтасы” спорт жарысынын Қарақалпақстан республикалық финал басқышында I орынды йиелеген болса, усы қәнигеликтин тағы бир студенти Дилноза Тилеўмуратова спорттын “Стол теннисы” бойынша ɵткерилген  Қарақалпақстан чемпионатында  I орынды алыуға мияссар болды.

Жуyмақлап айтқанда, факультетимиз  жәмәәти заманға сай, наўқыран, ҳар тареплеме раўажланған жоқары дәрежедеги қанигелерди таярлаўда, жасларға сапалы билим бериўде, тәлим-тәрбия ҳам илим-изертлеў жумысларында жоқары корсеткишлерге ерисиўде ҳам келешекте де усындай жоқары шеклерди ийелейуи ушын бар кушимизди аямаймыз.

И. Дильманов

Ажинияз атындағы НМПИ Шет тиллери факультети деканы, «Шуҳрат» медали йиеси.