ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Әкемдей ғамхор, басымнан сылайтуғын Ўатаным бар!

Миннетдаршылық

 

Балалық инсан өмириниң ең бийғубар паслы. Ата-анаң қушағыңда бийғам жасайсаң. Арзыўларың көп болады. Ҳәр кәсипти таңлағың келеди. Әжапаларым институтқа оқыўға кирген ўақытта, мен де инститтутқа қашан кирер екенмен деп ойлайтуғын едим. Сонда әкем: үлкейсең әлбетте сен де институтқа киресең, өзим оқытаман, әлбетте нийетиңе жетесең,—дейтуғын еди. Ўақыт — ушқыр ат дегениндей, көзди ашып-жумғанша жыллар мени өмирдиң кең гүзарына узатып сала береди.

Өткен жылы балалықтағы әрманларым орынланып, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни қәнигелиги бойынша шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилдим. Жүдә қуўандым. Себеби, көптиң ишинде қатарға илиниўдиң өзи де үлкен гәп.

Бир жағынан қатты қапа болдым. Қуўанышымды, мениң де институтқа киргенимди әкем көре алмады. Ол мени оқытаман деген нийетин де өзи менен алып кеткен еди… Және қапа болдым… Себеби, ҳәзир шәртнама пулын төлеўге қурбымыз жетпейтуғын еди. Себеби, иним екеўимиз 80 жаслы кемпир апамның қолында қалғанбыз. Усындай да, мени туўылғанымнан әлпешлеп өсирген әжапаларыма арқа сүйеймен. Олар мени қолымнан жетелеп институт босағасына алып келди. Дәслепки шәртнама пулын төледи.

Бахтыма шәртнама тийкарында оқыйтуғын студентер стипендиясыз оқыйтуғын болса, шәртнама пулынан қайтатуғын болды. Енди биз ушын шәртнама төлеми бираз жеңилленген еди. Оның үстине биринши семестрдан кейин мен де стипендия алатуғын болдым. Шаңарақ жағдайларымды есапқа алып, стипендияма қосымша және 50 процент қосып төленетуғын болды. Бул да мениң билим алыўым ушын жеңиллик жаратты. Усы жыл март айында Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң арнаўлы жойбары менен әмелге асырылған «Өзбекстан жаслар аўқамы тәлим гранты»ына ҳүжжетлеримди тапсырған едим. Нәтийжеде, бир неше күн алдын усы жойбар жеңимпазларының бирине айландым. Аўқам тәрепинен контракт төлемиме жәрдем көрсетилетуғын болды. Бул мен ушын үлкен қуўаныш болды. Мениң жәмийетте өз орнымды таўып, еле де теңлеслерим арасында өз белсендилигимди көрсетиўге, қәбилетимди жүзеге шығарыўға имкан туўдырды.

Мен усындай аспаны ашық, кеңпейил ел перзенти екенлигимди мақтаныш етемен. Мәмлекетимиз тәрепинен биз, жаслардың ертеңги елимиздиң мүнәсип ийелери болып жетилисиўимиз ушын жаратып берилген имканиятлардың шеги жоқ. Олардан дурыс пайдаланыў болса өзимизге байланыслы. Усы орында болса мени ҳәмийше қоллап-қуўатлап атырған институтымыз ректоратына, устазларыма, досларыма, жақынларыма ҳәм әлбетте, Өзбекстан жаслар аўқамына миннетдаршылығымды билдиремен. Мен енди мақсетиме ерисиў жолында ҳеш нәрседен қорықпайман. Ҳәм әлбетте устазларымның исенимин ақлап, елимизге мүнәсип қәниге болып жетилисемен. Ўәде беремен! Өйткени, мениң әкемдей ғамхор, басымнан сылайтуғын Ўатаным бар!

 

Малика ИМАКОВА,

Әжинияз атындағы НМПИдиң Түркий тиллер факультети 1-курс студенти.