ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Быйылғы жылы абитуриентлер жоқары оқыў орынларына еки усылда ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болады

Быйылғы жылы абитуриентлер жоқары оқыў орынларына еки усылда онлайн тәризде ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болады:

 

1) Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz арқалы;

 

2) Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты – dtm.uz арқалы.

 

Бул ҳаққында додалаўға қойылған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдағы «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 468-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы қарар жойбарында атап өтилген.

 

Қарар жойбарында тийисли мәкемелерге бул бойынша 10 күн ишинде абитуриентлердиң ҳүжжетлерин онлайн түрде қабыллаў имканиятын жаратыў бойынша тапсырмалар берилген.

 

Қарар жойбары 2-июнь күни додалаўға қойылған болып, додалаў 17-июньға шекем даўам ететуғыны белгиленген.

 

Ислам Матеков.