ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Дөретиўшилик имтиханлар қашан өткериледи? (Имтиханларды өткериў тәртиби ҳаққында)

Дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар карантин, санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң түрде әмел еткен ҳалда:

 

— тест сынақлары менен бир қатарда дөретиўшилик (кәсиплик) имтихан өткерилетуғын билимлендириў бағдарлары ушын 11-июльдан 20-июльға шекем;

 

— айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары ушын 25-июльдан 10-августқа шекем өткериледи.

 

Егер де карантин шеклеўлери даўам ететуғын болса дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханларды өткериў мүддетлерине өзгерислер киргизилиўи мүмкин.

 

Дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар бағдарламасы ҳәм баҳалаў критериялары әпиўайыластырылған түрде дүзиледи.

 

Бунда:

 

— бир абитуриентке имтиханда бир сааттан артың ўақыт сарпламаў;

— абитуриенттиң жоқары оқыў орнына бир мәрте келип-кетиўин тәмийинлеў есапқа алынады.

 

Жоқары оқыў орынларында дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар өткерилетуғын пәнлер саны билимлендириў бағдарының өзгешеликлеринен келип шыға отырып қысқартылады.

 

Имтиханлар толық видео бақлаўлар тийкарында өткериледи, виде жазыўлар сақлап қойылады.

 

Ислам Матеков.