Хош хабар! Институттың 5 студенти Республикалық пәнлер олимпиадасында сыйлы орынларды ийеледи
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәзирги карантин шараятынан келип шыға отырып, жоқары оқыў орынларының студентлери арасында ҳәр жылы өткерилетуғын пәнлер олимпиадаларын онлайн форматта өткериўди жолға қойды.
Жуўмақланыў алдында турған быйылғы оқыў жылында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының көплеген билимли, қәбилетли студентлери де усы пәнлер олимпиадаларына белсене қатнаспақта.
Қуўанышлысы, институттың сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетиниң 5 студенти Республикалық пәнлер олимпиадасында жеңимпазлар қатарынан орын алды.
Атап айтқанда, Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институтында «Сызықлы геометрия ҳәм инженерлик графикасы» пәни бойынша онлайн форматта өткерилген Республикалық пән олимпиадасында институттың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти А.Әлеўатдинов (устазы Б.Есбоғанова) 3-орын;
Бухара инженерлик технологиялары институтында «Қәлем сүўрет, реңли сүўрет, пластик анатомия» пәнинен онлайн форматта өткерилген Республикалық пән олимпиадасында институттың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти А.Өтениязов (устазы Д.Әбдиреймов) 3-орын;
Министрликте төреши ағзалар қатнасыўында онлайн форматта «Өмир қәўипсизлиги» пәнинен өткерилген Республикалық пән олимпиадасында институттың мийнет тәлими бағдарының 3-курс студенти Р.Рүстемов (устазы Б.Дәўлетмуратов) 3-орын;
«Техникалық механика» пәнинен өткерилген Республикалық пән олимпиадасында институттың мийнет тәлими бағдарының 3-курс студенти Р.Мырзаханов (устазы Қ.Назарбеков) 3-орын;
«Мийнет тәлимин оқытыў методикасы» пәнинен өткерилген Республикалық пән олимпиадасында институттың мийнет тәлими бағдарының 4-курс студенти Г.Жолдасова (устазы Т.Шамуратова) сыйлы 1-орынды ийеледи.
НМПИ баспасөз хызмети.