ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мағлыўматларды ядта сақлап қалыўға усыныслар

Әҳмийетлиси – оқылған мағлыўматларды ўақыт даўамында қайтарыў.

Оқылған материалды дәрҳал 15-20 минуттан, 8-9 сааттан ҳәм 24 сааттан кейин тәкирарлаў усыныс етиледи. Сондай-ақ, таңерте тәкирарлаў оғада пайдалы. Ҳәр-бир қайтарып атырғанда қәте-кемшиликлерди аңлаў ҳәм аўыр жерлерге дыққат бериў тийис.

Егерде материалды текстке жақын келетуғын өзиңниң сөзлериң менен тәкирарласаң – материал тез ядланады. Адамның қәтийрасы таңерте оқылған материалларды өзинде узақ ўақытларға сақлап қалады, сонлықтан түни менен оқығаннан көре ерте турып оқыған анағурлым нәтийжели. Ядлаў менен байланыслы ислерди таңертеңнен түсликке шекем, ал барыў-ушырасыў жумысларын түсликтен кейинге қалдырың.

Материалларды қабыл етиў усылын ҳәркимниң өзи таңлап алсын: көриў еслемеси жақсы ислейтуғынлар ядлаўдың усы усылына итибар берсин (оқыў, сүўретлерди ҳәм бетлерди ядлап қалыў, әҳмийетли мағлыўматларды жазыў ҳәм үй ишине қыстырып шығыў); еситиў еслемеси күшлилерге материалды даўыс шығарып оқығаны жетеди.

Оқыўға болған сықмарлығынды жең. Барлығын бирден оқып билип алыўға асығып, адам аса зорығады ҳәм дыққат-итибарын жойытады. Өзиңди зорықтырмай, «бәрин оқып үлгермеймен» деп қорықпай тыныш оқы. Баҳа алыў ушын емес, ал сабақлықты ҳүрмет етип, оны билиў ушын оқыў аса әҳмийетли.

Нәтийжеге қатты байланып қалыў – имтихан тапсырарда әўметсизликтиң әҳмийетли себеплеринен бири. «Мен жоқары оқыў орнына әлбетте түсиўим керек» деген ой-пикир абитуриентти бирдейине психикалық тынышсызланыўда услап турады. Ақыбетинде материал қабыл етилмейди, ойлар басқа жақларға шалғыйды. Ал имтихан пайытында болса стресс ҳалы күшейеди ҳәм абитуриент ҳәтте яд еткенлерин де умытады.

Жақсы нәтийжеге ерисиў ушын барлық сораўларға дурыс жуўап бериў шәрт емес. Билмейтуғын сораўлар ушын қыйналғаннан көре, билетуғынларына жақсылап жуўап берген нәтийжели.

Ҳәмде, ең әҳмийетлиси, сиз оқыўға түспеўиңиз мүмкин – мине усыған психикалық жақтан таяр болыў зәрүр. Көпжыллық тәжирийбелер соны көрсетеди, өзлериниң билимлерине ҳәм мүмкиншиликлерине толық исенетуғын жаслар имтиханлардан өте алмай қалса, аса депрессияға түседи. Ҳәрбир абитуриент келиспеўшиликлер болып қалған жағдайда келеси жылдың имтиханларына шекем нелер менен шуғылланатуғынын анық белгилеп қойғаны мақул. Бул режелердиң арасында қандайда бир әрманлардың болғаны жүдә жақсы, мысалы, автомашина айдап үйрениў, спорт пенен шуғылланыў…

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги