ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Ата-аналарға кеңеслер

Имтихан алды пайытлары ата-аналардың ўазыйпасы – перзентлерине қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм олардың таярланыўына кесент етпеў. Хошаметлеў, жәрдем бериў, қоллап-қуўатлаў, ҳәм әҳмийетлиси – ата-аналардың кеўил қәтержамлығы перзентлердиң имтихан алды тынышсызланыўын жеңиўине жәрдем етеди.

Перзентлериңизди болажақ имтиханлардың аўырлығы ҳәм қыйынлығы менен қорқытпаң – бул олардың нәтийжели оқыўына алып келмейди.

Имтихан нәтийжелеринен бийғәрез, перзентиңизди бәрибир жақсы көретуғыныңызды ҳәмде олардың ислери келисетуғынын жийи-жийи айтып турың! Перзентиңиздиң әўметлилигине ҳәм оның имканиятларына исеним, мақтаўлар ҳәм мақуллаўлар аса әҳмийетли, себеби «жақсы сөзден ҳәтте жантақ та жақсы өсер».

Перзентиңиздиң күн тәртибин ҳәм сыпатлы аўқатланыўын шөлкемлестириң. Творог, сүт, ғоза, мийўелер… бас мийиниң исин жеделлестиреди. Перзентиңиздиң артықша зорығыўына жол қойдырмаң. Имтиханнан бир күн алдын ол жақсылап дем алсын.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги