Жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаў сәнеси өзгерди
Абитуриентлер жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында қатнасыў ушын ҳүжжетлерин усы жылдың 20-июнь сәнесинен баслап 20-июль (сол күни де) сәнесине шекемги мүддетте тапсырыўы мүмкин. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.
Абитуриентлер төмендеги тәртипте ҳүжжет тапсырыўы мүмкин:
1) Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленген аймақларда – Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы;
2) Барлық аймақларда:
– Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz);
– Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты (abitur.dtm.uz).
Ислам Матеков.