ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Магистратураға ҳүжжет тапсырыў тәртиби өзгерди. Оқыўды көшириў бойынша ҳүжжетлер онлайн түрде қабылланады

Президент қарарына муўапық, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў, сондай-ақ, бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўды көшириў және қайта тиклеў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты – www.edu.uz арқалы әмелге асырылады.

 

Магистратураға ҳүжжетлер 2020-жылдың 1-июль сәнесинен 30-июль күнине шекем қабыл етиледи.

 

Сондай-ақ, қарар тийкарында Ферғана ўәлаятының Сох районы ушын бакалавриаттың күндизги билимлендириў түри бойынша улыўма белгиленген қабыллаў көрсеткишлерине салыстырғанда қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы 500 орын муғдарындағы мақсетли қабыллаў параметрлер ажыратылды.

 

Ислам Матеков.