ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавр (сыртқы) бағдарлары бойынша қабыллаў көрсеткишлери

2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты бакалавр (сыртқы) бағдарлары бойынша улыўма 1400 студент қабыл етилиўи жобаластырылған.

 

Сыртқы билимлендириў бағдарларына оқыў тек ғана төлемли контракт тийкарында, яғный, ажыратылған 1400 орынның барлығы төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады.

 

2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты бакалавр (сыртқы) бағдарлары төмендегилерден ибарат:

 

5110100 – Математика ҳәм информатика (улыўма 150 орын);

 

5110400 – Биология (улыўма 75 орын);

 

5110500 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары (улыўма 50 орын);

 

5110600 – Тарийх (улыўма 50 орын);

 

5110800 – Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы (улыўма 50 орын);

 

5110900 – Педагогика ҳәм психология (улыўма 75 орын);

 

5111100 – Музыкалық тәлим (улыўма 50 орын);

 

5111200 – Өзбек тили ҳәм әдебияты (улыўма 100 орын);

 

5111300 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты (улыўма 100 орын);

 

5111600 – Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими (улыўма 50 орын);

 

5111700 – Баслаўыш тәлим (улыўма 200 орын);

 

5111800 – Мектепке шекемги билимлендириў (улыўма 250 орын);

 

5112000 – Дене мәденияты (улыўма 50 орын);

 

5112100 – Технологиялық тәлим (улыўма 75 орын);

 

5112500 – Өзге тилли топарларда рус тили (улыўма 75 орын).

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.