ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

16 жасқа толмаған питкериўшилерге паспорт алыўда қандай жеңиллик бериледи?

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 1-санлы протоколына муўапық, Ишки ислер министрлиги тәрепинен 2020-2021-оқыў жылында мектеп, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң 16 жасқа толған питкериўшилери паспорт алыў ушын мүрәжат еткенде, оларға нәўбетсиз, белгиленген тәртипте паспорт берилиўи тәмийинленеди (абитуриентке 10 күн мүддетте паспорт берилиўи нәзерде тутылған). Бул ҳаққында ӨзР ЖОАБМ хабар берди.

 

Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын имтиханларда қатнасыў нийетин билдирген паспорт жасына жетпеген пуқараларға әмелдеги тәртипке муўапық, қысқа мүддетлерде сырт елге шығыў паспорты рәсмийлестирип бериледи.

 

Мәмлекетлик персоналластырыў орайы тәрепинен паспорт жасына толмаған пуқараларға сырт елге шығыў паспортлары бериледи ҳәм усы мағлыўматлар Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына ҳәм Мәмлекетлик тест орайына усынылады (абитуриент 5 күн мүддетте пуқаралық паспорт алыўы нәзерде тутылған).

 

Ислам Матеков.