ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақстандағы қайсы районда абитуриентлер Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы ҳүжжет тапсырыўы мүмкинлиги анық болды

Өзбекстан бойынша тек ғана 8 районда абитуриентлерди дизимге алыў Мәмлекетлик хызметлер орайларында әмелге асырылады. Бул ҳаққында ӨзР Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

 

Бул районлар арасында Қарақалпақстаннан тек ғана бир район – Мойнақ районындағы Мәмлекетлик хызметлер орайы атап көрсетилген.

 

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 1-санлы протоколы тийкарында Мойнақ районындағы Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўында жоқары оқыў орынларына кириў сынақларында қатнасыў ушын дизимнен өтиўге болады.

 

Басқа аймақтағы абитуриентлер болса Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы my.gov.uz арқалы ҳүжжет тапырыўы мүмкин. Мойнақ районындағы абитуриентлер қәлесе, Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса атап өтилген веб-сайтлар арқалы ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

 

Ислам Матеко.