ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Абитуриентлер ҳүжжет тапсырғанда төлемди қалай төлеўи бойынша

Мектеп, колледж ҳәм академиялық лицейлерди алдынғы оқыў жылларында питкерген абитуриентлер тестке қатнасыў ушын төлем төлейди. Төлем муғдары 111 мың 500 сумды қурайды.

 

Төлемди қалайынша төлеў мүмкин? Ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиевтиң жазыўынша, төлемди еки усылда төлеўге болады.

 

1) Онлайн түрде. Пластик карталар арқалы онлайн төлеў мүмкин. Бунда онлайн ҳүжжет тапсырып атырғанда пластик карта мағлыўматларын киргизип, төлеў түймесин бассаңыз, пластика карта жалғанған номерге SMS-хабар келеди ҳәм сол арқалы төлеўге болады.

 

2) Банклерде. Мәмлекетлик тест орайының сайтында ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайларында шығарып берилген инвойс арқалы қәлеген банк филиалларында төлеў мүмкин.

 

5 бағдардың ҳәммесине өз алдына төленеди ме?

 

Абитуриент неше бағдарға ҳүжжет тапсырыўына қарамастан, тек ғана бир мәрте 111 мың 500 сумды төлейди.

 

Оқыўға кире алмағанларға пулы қайтарып бериле ме?

 

Бул төлем тест процеслерине кириў ушын берилетуғын төлем болып табылады. Абитуриент оқыўға кирген ямаса кирмегенине қарамастан, бул төлем қайтарып берилмейди.

 

Абитуриент тестке келмесе пулы қайтарып бериле ме?

 

Яқ, қайтарып берилмейди.

 

Дөретиўшилик (кәсиплик) имтихан тапсыратуғынлар да төлем төлей ме?

 

Төлем тек ғана тестке кириў ушын төленеди. Тест болмаған, тек ғана дөретиўшилик имтиханлардан ибарат болған бағдарларға тапсырған абитуриентлерден төлем алынбайды. Егер дөретиўшилик имтиханлардан ибарат бағдарларды сайлаған абитуриентлер алжасып, төлем төлеген болса, оларға пуллары қайтарып бериледи.

 

Кимлер төлем төлемейди?

 

Быйылғы жылы мектеп, лицей ҳәм колледжлерди питкерип шыққан абитуриентлер, майыплығы болған ямаса толық мәмлекетлик тәмийнаттағы адамлар төлем төлемейди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.