ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Ҳақ жол сизге, питкериўши: НМПИде бакалавриат ҳәм магистратура қәнигеликлериниң онлайн питкериў кешеси болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын 2019-2020-оқыў жылында улыўма 2422 студент питкерип шығып, соннан 1478 студент бакалавриаттың күндизги, 888 студент сыртқы бөлимди, сондай-ақ, 56 студент магистратура қәнигеликлерин табыслы питкерип, өндириске жоллама алды.

 

Дүньяда ҳәм елимизде ҳүким сүрип турған бүгингидей пандемия шараятында питкериўши студент-жасларға болған итибарды еле де күшейтиў, олардың алдағы жумысларына тилеклеслик билдире отырып, тийисли жуўапкерлер менен биргеликте келешектеги жумысларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Ҳақ жол сизге, питкериўши!» атамасындағы онлайн илажлар шөлкемлестирилди.

 

Дәслеп, 30-июнь күни бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы бөлимлерин питкерип атырған студентлер, олардың ата-аналары, профессор-оқытыўшылар, институт басшылығы ҳәм тийисли министрлик және мәкемелердиң жуўапкерлери қатнасыўында онлайн кеше болып өтти.

 

Сөзге шыққанлар институт жасларының илимий-педагогикалық, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм басқа тараўлардағы жетискенликлерин айрықша тилге алып, питкериўшилерге алдағы жумысларында табыслар тиледи.

 

Кеше онлайн тәризде шөлкемлестирилгенине қарамастан институттың педагогика факультетиниң талантлы жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасына уласып, қатнасыўшыларға бир дүнья заўық бағышлады.

 

Бүгин, 1-июль күни магистратура қәнигеликлерин питкерип атырған 56 магистрант және олардың ата-аналары, тәлим берген профессор-оқытыўшылары, институт ректораты ҳәм тийисли уйымлардың ўәкиллери қатнасыўында онлайн кеше шөлкемлестирилди.

 

Кешеде сөзге шыққан институт ректоры Б.Отемуратов, академик Ж.Базарбаев, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты М.Ибрагимов, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинен тийисли ўәкиллер, институт профессор-оқытыўшылары питкериўши магистрантларға алдағы илимий-педагогикалық жумысларында табыслар тилеп, елимиз илиминиң дүнья жүзилик көлемде тән алыныўы ушын аянбай мийнет етиўин тиледи.

 

Өз гезегинде, питкериўши магистрантлар, олардың ата-аналары да сөзге шығып, илимий изертлеў жумысларына бағдарлаған институттың илимий-педагогикалық жәмәәтине миннетдаршылық билдирди.

 

Онлайн питкериў кешелерине Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Руўхый-этикалық тәрбия басқармасының баслығы О.Базаров ҳәм министрлик жанындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы О.Худайназаров қатнасты.

 

НМПИ баспасөз хызмети.