ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары дыққатына!!!

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2020-2021-оқыў жылы ушын қабыллаў ҳәм жоқары оқыў орынларына кириў процесинде ҳәр қыйлы алдаўшылардың жалған «ўәде»лерине алданып қалмаўыңызды сорайды.

 

Көпшиликтиң хабары бар, ҳәр жылы жоқары оқыў орынларына қабыллаў процеси басланғаннан «оқыўға киргизип беремен», «танысларым бар», «жоқары балл топлаўға өзим жәрдемлесемен» деген өтирик «ўәде»лер берип, коррупциялық ҳәрекетлерди әмелге асыратуғын айрым «шаққан» адамлар өзлериниң алдаўшылық ҳәрекетлерин әмелге асырыўға ҳәрекет етеди.

 

Биз бундай ҳәрекетлер, соның менен бирге, дәмегөйшилик, өз лаўазымынан өз мәплери жолында пайдаланыў, пара алыў ҳәм бериў Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қайшы ҳәрекетлер екенлигин ескерте отырып, алдаўшылардың қармағына түсип қалмаўыңызды, жоқары оқыў орынларына болып өтетуғын қабыллаў имтиханлары әдил түрде өтетуғынына толық исениўиңизди сораймыз.

 

Булай деп айтыўымыз ушын төмендеги себеплерди  келтирип өтемиз:

 

Бириншиден, быйылғы жылы тест тапсыратуғын орынларда ҳәр жылдағы сыяқлы қадағалаў күшейтилген ҳалда болады. Абитуриентлерди келбети арқалы таныў, мобиль байланыстың шеклениўи, кириў орнында ҳәр қыйлы техникалар жәрдеминде тексериў, тест процесиниң онлайн түрде эфирге узатылыўы ҳәм әлбетте, бақлаўшылардың өз ўазыйпаларын миннетли түрде орынлаўы тест процесиниң әдил өтиўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Екиншиден, дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар арқалы оқыўға қабылланатуғын бағдарларда имтиханлар басқа аймақлардағы билимлендириў орынларының қәнигелери тәрепинен алынады. Сондай-ақ, имтиханлар тек ғана бир күнде – бир сааттың ишинде тапсырылады. Бул процесслерди де ата-аналар бақлап барыўы ушын тиккелей эфирлер жолға қойылады. Ҳәр бир абитуриенттиң қатнасыўы видеокөриниске алынады.

 

Үшиншиден, кириў имтиханларының әдил түрде өтиўин тәмийинлеў мақсетинде жәмийетлик бирлеспелер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ҳәм мәҳәллелерден жуўапкерлер қатнасыўында жәмийетлик қадағалаў күшейтиледи.

 

Сонлықтан да, быйылғы жылдағы қабыллаў процеси толық қадағалаў астында екенлигинен келип шыға отырып, алдаўшылардың ҳәр қандай нызамға қайшы ҳәрекетлерине жол қойылмайтуғынлығын айрықша атап өтемиз.

 

Егер де сиз усындай алдаўшылардың ҳәрекетлери ҳаққында мағлыўматларға ийе болсаңыз, төмендеги көрсетилген телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкинлигин еслетип өтемиз.

 

☎+998 93 4880881

 

Жаслар – елимиз келешеги, баслаған ийгиликли жумысларымыздың даўамшылары. Олардың илим ҳәм билим ийелеўи, елимиз раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын кадрлар болып жетилисиўи сиз ҳәм бизиң биргеликтеги ҳәрекетимизге байланыслы екенлигин умытпаң!!!

 

Байрам Отемуратов,

Әжинияз атындағы НМПИ ректоры.