ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жәмийетлик саламат орталықты еле де жақсылаў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў илажларын күшейтиў мәселелери додаланды

Усы жылдың 29-30-июнь күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында профессор-оқытыўшылар ҳәм техник хызметкерлер арасында жәмийетлик саламат орталықты еле де жақсылаў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў илажларын күшейтиў, институтта жүз берген коррупцияға байланыслы мәселелерди додалаў бойынша мәжилис (Zoom программасы арқалы) өткерилди.

 

Мәжилисти институт ректоры Б.Отемуратов ашты ҳәм алып барды.

 

Коррупция – ҳәр қандай раўажланыўдың тамырына балта уратуғын, жәмийеттеги пуқаралардың мәмлекетлик басқарыў ҳәм ҳәкимият уйымларына болған исенимин төменлетип жиберетуғын иллет болып есапланады.

Бул иллет кеше ямаса бүгин пайда болған емес. Адамзат жәмийети болған ҳәр қандай дәўирде коррупциялық ҳәрекетлер болған ҳәм оған қарсы гүрес көп жыллық тарийхқа ийе.

 

Ашшы ҳақыйқатлық сыпатында тән алып айтыў керек, бүгинги күнде елимизде ең көп коррупциялық ҳәрекетлер жүз берип атырған тараўлардың бири – билимлендириў, соның ишинде, жоқары билимлендириў тараўы жийи тилге алынбақта.

Әсиресе, ҳәр жылы жаңа оқыў жылына қабыллаўлар басланған ўақытта «оқыўға киргизип беремен» деген ўәделер менен коррупциялық ҳәрекетлерди әмелге асырып, нызамда белгиленген нормаларға қайшы ҳәрекет етип атырғанлар да ушырасып турыпты.

Илажда сөзге шыққан факультет деканлары ҳәм кафедра баслықлары институтта алып барылып атырған профилактикалық илажларға қарамастан институт жәмәәти арасында усындай унамсыз жағдайлардың жүз бергени жүдә ашынарлы жағдай екени, келешекте бундай унамсыз жағдай жүз бермеўи ушын тийисли тараў қәнигелери тәрепинен алып барылып атырған ушырасыўлар, сәўбетлесиўлердиң нәтийжелилигин еледе арттырыў, институт жәмәәти бирлескен ҳалда, бир жағадан бас шығарып бундай иллетлерге қарсы гүресиў лазымлығын айтып өтти.

 

Соның менен бирге, алдағы ўақытларда бундай жағдайлар жүз бермеўи ушын биргеликте ҳәрекет етиўге келисип алынды.

 

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша илаж қатнасыўшылары өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.