Шет тиллери факультетинде коррупциялық ҳәрекетлердиң алдын алыў мәселелерине бағышланған онлайн илаж өткерилди
Илаж «ZOOM» конференция формасында болып өтти. Ушырасыўды Әжинияз атындағы НМПИ Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қодиров ашып берди ҳәм қатнасыӯшыларды күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырды.
Қ.Қодиров өз сөзинде ҳәзирги күнде жәмийетшилигимизди жүдә тынышсызландырып турған мәселе – коррупция мәселесине тоқтады.
Институтта коррупциясыз тәлимди жолға қойыў бойынша бир қанша илажлар алып барылып атырғанлығына қарамастан усындай ҳалатлардыӊ қайталанбаўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияныӊ алдын алыў ушын факультетлерде, кафедраларда қатаӊ тәртипте ис-илажлар алып барыўылыўы кереклиги атап өтилди. Факультет деканлары ҳәм кафедра баслықларына жуўапкершиликлер жүклетилди.
Егер институтта усындай ҳалатлар қайталанса тек ғана жынаят ислеген шахс жазаланып қоймастан, ол жумыс алып барып атырған институттың абыройына да үлкен зыяны тийетуғынлығы ҳаққында атап өтилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мусылманлар қазыятынан ўәкиллер, факультет профессор-оқытыўшылары да қатнасып, өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Шығып сөйлегенлер балаға тәлим бериўши устаз екенлигин ҳәм халқымыз устазды атадан уллы көрип ҳүрмет иззет ететуғынлығын атап өтти. Бирақ соған қарамастан базы устазлар парахорлық сыяқлы жаман иллетлерди өзлерине кәсип қылып алғанлығын ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартылып атырғанлығын атап өтти. Киси заты киршил дегениндей, ҳәр бир жаман иллетдиӊ изи жаксылыққа алып келмейтуғынлығын айтып өткен ҳалда, бәршени инсаплылыққа шақырды.
Бул мәселе бойынша кафедра баслықлары да кафедра профессор-оқытыўшылары менен биргеликте коррупцияныӊ алдын алыў бойынша түсиник жумыслары алып барылып атырғанлығын, бундай ашынарлы жағдайлардын болмаўына кепиллик беретуғынлығын атап өтти.