Түркий тиллер ҳәм баслаўыш тәлим факультетлери менен биргеликте онлайн мәжилис өткерилди
«Zoom» платформасы арқалы өткерилген мәжилисти Жаслар менен ислесиў бойынша проректор Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Ҳәзирги күнде дүньяжүзлик глобал машқалаға айналған коронавирус кеселлигиниң тарқалыўы, соның нәтийжесинде пуқараларымыздың ден саўлығын сақлаў, олардың қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде 2020-жылдың 20-июль сәнесинен, 1-август сәнесине шекем қатаң карантин илажлары әмелге асырылып атырғанлыған айтып өтти. Бул илажлар даўамында институт жәмәәти ағзалары өз жумысларын аралықтан даўам еттиретуғынлығын, факультет басшылары, педагог хызметкерлер ҳәм студентлер менен байланыста болып, олардың жасаў шәраятларынан хабар алып, карантин ис илажлары шеңбериндеги тийисли мағлыўматлар менен интернет тармақлары арқалы турақлы түрде таныстырып барыўлары кереклигин тапсырды.
Буннан соң күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша сөз етип өтти. Коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери, оның алдын алыў, институт педагог-хызметкерлери арасында улыўма болдырмаў бойынша факультет педагог-хызметкерлерине анық, түсиникли етип түсиндирип, бул жаман иллетлерден аўлақ болыўға шақырды. Бүгинги күнде жоқары билимлендириў тараўларында коррупция жағдайларының еле де ушырасып атырғанлығын анық дәлийллер тийкарында айтып өтти. Булар қатарында унамсыз жағдайлар тилекке қарсы, институт профессор-оқытыўшылары арасында да бар екенлиги ашық айтып өтилди.
Соның ушын, факультет педагог-хызметкерлерин оқыў жылы жуўмақлары, 2020-2021-оқыў жылында абитуриентлерди оқыўға қабыллаў процеси даўамында, магистратура имтиханларына ҳәр қандай нызамсыз түрде араласыўларға жол қоймаў, барлық хызметкерди имтиханлардың әдалатлы өтиўин тәмийнлеўге шақырды.
Нөкис қалалық прокурорының аға жәрдемшиси Гаухар Арзымбетова сөзге шығып, бул коррупция иллетиниң қандай ақыбетлерге алып келиўи, коррупцияда қатнасқан ҳәр кандай адам нызам алдында жуўапкершиликке тартылатуғыны ҳақкында кең түрде баянат жасады. Бүгинги күндеги коррупцияның алдын алыў бойынша исленип атырған кең көлемли иләжлар, ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызам хәм қарарлар, нызам асты ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийети менен таныстырды. Соның менен бирге бүгинги күнде жоқары оқыў орынларында ушырасып турған жағдайлар бойынша мыссаллар келтирип, ашық айдын айтып өтти ҳәмде бул иллетиң алдын алыў бойынша тек ҳуқық қорғаў органлары емес ҳәр биримиз теңдей шуғылланыўымыз лазымлығына тоқталды.
Өзбекстан халықаралық Ислам академиясы жанындағы Қәнигелигин асырыў орайы Қарақалпақстан республикасы аймақлық филиалы аға оқытыўшысы Абдулхамид Идирисов сөзге шығып, дәмегөйшилик, нәпсиқаўлықтың динимизде қандай қараланатуғынлығы, инсанлардың өз ҳүжданы, ийман-ерки, устазлардың шәкирт алдындағы ўазыйпалары ҳаққында бир қанша диний мысаллар келитирип кең түрде түсиник берди. Ҳәр қандай нызамсыз исти ислемей турып оның алдын алыў, туўры жолға баслаў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз екенлигин айтып өтти.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша факультетлердиң тәжирийбели устазлары А.Пазылов, К. Алламбергенов, В.Ҳайтбаевалар сөзге шығып профессор-оқытыўшылар арасында коррупция жағдайларын болдырмаў, оның алдын алыў бойынша өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирди.
Факультет деканлары Б.Даулетов, У. Сейтжанова, кафедра баслықлары К.Алламбергенов, Т.Утебаев, З.Қурбаниязова, Р.Қуттымуратова, Ш.Юлдашева, С.Матякуповларға мәжилис даўамында бир қанша тапсырмалар берилди ҳәм факультетинде, кафедраларда қалай етип коррупция жағдайларын болдырмаў оның алдын алыў бойынша қандай жумыслар ислеп атырғанлығы ҳаққында пикирлери тыңланды. Жоқары билимлендириў тараўында хызмет етип атырған педагог-хызметкерлердиң бундай жаман иллетлерге араласыўы ямаса ислеўи улыўма туўры келмейтуғынлығы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў жағдайы ҳәм нызамшылықты тәмийинлеў бойынша мәселелерге кең түрде өз пикирлерин билдирди. Олар өз сөзлеринде жоқары билимлендириў тараўында ушырасып туратуғын бундай иллетлердиң алдын алыў, студентлердиң билимлерин әдил баҳалаў кереклигин айтып өтти ҳәм барлық педагог-хызметкерлерди коррупцияның алдын алыўға шақырды.
Мәжилис даўамында тийисли қәнигелер ҳәм профессор-оқытыўшылар тәрепинен коррупция иллетиниң алдын алыў, алдағы ўақытлары улыўма болдырмаў ушын 20 дан аслам усыныслар берилди.