Хош хабар! Институтымыздың «Science and society» («Илим ҳәм жәмийет») журналы жоқары рейтингдеги 41 журнал қатарына кирди
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Science and society» («Илим ҳәм жәмийет») журналы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Нидерландияның «Elsevier» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Илим-пән-2020» бағдарламасы шеңберинде ислеп шығылған «Uzbekistan Research Online» санлы платформасындағы 41 журнал қатарына кирди.
Бул журналларда жәрияланған инглис тилиндеги мақалалар диссертациялардың тийкарғы илимий нәтийжелерин жәриялаўға усыныс етилген сырт ел илимий басылымларында басып шығарылған илимий мақалаларға теңлестириледи.
Демек, «Science and society» («Илим ҳәм жәмийет») журналында жәрияланған мақалалар сырт ел басылымы сыпатында тән алынады. Бул барлық илим изертлеўшилери ушын жақсы имканият болып табылады.
Журналлар мәнзили https://uzjournals.edu.uz/ силтемесинде.
НМПИ баспасөз хызмети.