ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Дыққат, хабарландырыў! Бүгин кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар жуўмақланған айрым бакалавр бағдарларына апелляция күни

Бүгин, 8-сентябрь күни 2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының төмендеги көрсетилген бакалавриат тәлим бағдарларына өткерилген кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың нәтийжелери бойынша апелляциялық арза тапсырыў күни екенлигин ескертип өтемиз:

 

5110800 – Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы (күндизги ҳәм сыртқы, қарақалпақ ҳәм өзбек топарлары);

 

5110100 – Математика ҳәм информатика (күндизги, қазақ топары);

 

5110300 – Химия (күндизги, қазақ топары);

 

5110400 – Биология (күндизги, қазақ топары);

 

5111305 – Қазақ тили ҳәм әдебияты (күндизги, қазақ топары);

 

5111702 – Баслаўыш тәлим (күндизги, қазақ топары).

 

Апелляцияға арза тапсырыў мүддети: 2020-жыл 8-сентябрь күни саат 10:00 ден 2020-жыл 9-сентябрь күни саат 10:00 ге шекем.

 

Түслик ўақты: 12:30 дан 14:00 ге шекем.

 

Арзалар кешки саат 18:00 ге шекем қабыл етиледи.

 

Мәнзил: Нөкис қаласы, П.Сейтов көшеси номерсиз жай – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бас имараты.

 

Бағдар: 26-киши район.

 

Жөнелисли маршрутлар: 2, 10, 33, 36, 61, 64, 65, 71-санлы жөнелисли таксилер.

 

Еслетип өтемиз, 5110900 – Педагогика ҳәм психология ҳәм 5111800 – Мектепке шекемги тәлим күндизги қазақ топарына өткерилген кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың нәтийжелери бойынша апелляциялық арза тапсырыў күни ертең, 9-сентябрь күни етип белгиленген.

 

НМПИ баспасөз хызмети.