ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Депутатлар институтта өткерилип атырған кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың барысы менен танысты

Бүгин, 10-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы, депутат Зухра Реймова ҳәм Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары – аппарат баслығы Шарапат Отемисов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021-оқыў жылы ушын өткерилип атырған кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың барысы менен танысыў мақсетинде институтқа келди.

Дәслеп олар Нөкис қалалық ХББға қараслы 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң спорт майданшасында дене мәденияты (соның ишинде, ҳаял-қызлар спорты) бакалавр тәлим бағдарына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың өткерилиў процеси менен танысты. Бул жерде 100 метр ҳәм 1000 метрге жуўырыў бойынша өз имканиятларын сынақтан өткерип атырған абитуриентлер менен сәўбетлесип, имтиханлардың әдил түрде өтиўи ҳәм баҳалаў процеси менен байланыслы пикирлерин тыңлады. Депутатлар бул жерде жаратылған шараятлар, имтиханлардың видеожазыўға алыныўы ҳәм тиккелей трансляция етилиўи, абитуриентлер ҳәрекетлериниң әдил баҳаланып атырғанының гүўасы болды.

 

Сондай-ақ, депутатлар институт бас имаратында музыкалық тәлим бакалавр тәлим бағдарына кириў ушын өткерилип атырған кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың барысы менен де танысып, барлық шараятлар ҳәм имтиханлардың әдил түрде өткерилип атырғанына жоқары баҳа берди.

 

НМПИ баспасөз хызмети.