ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты академиялық лицейине кириў имтиханлары басланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты академиялық лицейине кириў имтиханлары 11-12-сентябрь күнлери өткерилиўи жобаластырылған болып, бүгин лицейдиң социаллық-гуманитар пәнлер ҳәм шет тиллери филологиясы бағдарларына имтиханлар болып өтти.

 

Имтиханлар ашық аспан астында өткерилип, карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда шөлкемлестирилди.

 

Оқыўшыларға қолғап, медициналық нықап, ишимлик суўы бийпул тарқатылды.

 

Имтихан процесиниң әдил өтиўин тәмийинлеў мақсетинде видеобақлаў үскенелери орнатылды.

 

Имтиханлар ертең де даўам етиўи жобаластырылған болып, анық пәнлер бағдарының техника ҳәм экономика, сондай-ақ, тәбийғый пәнлер бағдарына ҳүжжет тапсырған оқыўшылар өз имканиятларын сынап көреди.

 

2020-2021-оқыў жылында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты академиялық лицейине 5 бағдар бойынша 312 оқыўшы қабыл етилиўи жобаластырылған болып, 966 оқыўшы ҳүжжет тапсырған.

 

НМПИ баспасөз хызмети.