ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Дене температурасы 37 градустан жоқары болған ҳәм тестке киргизилмеген абитуриентлер ушын тест сынақлары қашан өткерилетуғыны мәлим болды

Өзбекстан бойлап тест сынақлары 2-сентябрьден басланды ҳәм күнине 2 мезгилде, ҳаўа салқын ўақытта өткерилди.

 

Тест сынақлары Қарақалпақстан Республикасында 13-сентябрь күни жуўмақланды. Бул ҳаққында МТО рәсмий сайты хабар берди.

 

Өзбекстан бойанша тест сынақларында қатнасыўы белгиленген 1 млн 304 мың 194 абитуриенттиң 1 млн 240 мың 614 и (95,1%) қатнасты. 63 мың 580 абитуриент болса (4,9%) ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы тест сынақларында қатнаспады.

 

Улыўма 1 187 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы тест сынақларынан шетлетилди. Соннан 548 и аймаққа кириўде, 639 ы болса тест сынақлары процесинде анықланған.

 

Тест сынақларына Өзбекстан бойынша 90 абитуриент дене температурасы 37˚С тан жоқары болғанлығы себепли акт дүзилип, киргизилмеди.

 

Мәмлекетлик комиссияның 2020-жыл 19-июньдағы 1-санлы протоколы тийкарында, 17-сентябрь күни дене температурасы 37˚С тан жоқары болған, тест сынақларына киргизилмеген абитуриентлер ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында таярланған стадион ҳәм қыябанларда қосымша тест сынақлары өткерилиўи жобаластырылмақта.

 

Ислам Матеков.