ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Тест нәтийжелеринен наразы абитуриентлердиң апелляциялық арзалары қашаннан баслап ҳәм қай тәризде қабылланады?

Егер де тест сынақларының нәтийжелери абитуриентти қанаатландырмаса, 2020-жылдың 27-сентябрь күнинен баслап өзлериниң жеке кабинетлери арқалы (abitur.dtm.uz) апелляциялық арзаларын тапсырыўы мүмкин.

Мәмлекетлик тест орайының апелляциялық комиссиясы өз жумысын 2020-жылдың 28-сентябрь күнинен баслайды.

 

Бунда апелляциялық шағымлар Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы қабылланады.

 

Апелляциялық арзаларды жазған абитуриентлерге оны көрип шығыў сәнеси ҳәм ўақты көрсетилген хабарландырыў бериледи. Абитуриент хабарландырыўда белгиленген ўақытта өзиниң паспорты ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен Мәмлекетлик тест орайына барыўы шәрт.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.