ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Студентликке усыныс етилген абитуриентлер дыққатына!

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланған 2020-жылғы тест сынақлары дизимге алыў тәртибине муўапық, студентлер қатарына қабыллаў ушын усыныс етилгенлер жоқары оқыў орынларына усыныўы керек болған ҳүжжетлер дизими төмендегилерден ибарат:

 

1) Ректордың атына арза;

2) Паспорт нусқасы (түп нусқасы көрсетилген ҳалда);

3) Диплом ямаса аттестаттың (қосымшасы менен бирге) түп нусқасы;

4) Тил билиў дәрежесин тастыйықлаўшы сертификаттың түп нусқасы (егер болса);

5) 3,5 х 4,5 көлеминдеги 12 дана фото;

6) Ҳүжжетлерди жыйнап тигип қойғыш (папка скоросшиватель);

7) Конверт А5 форматында;

8) Студентлер турақ жайы (шараяты аўыр ҳәм кем тәмийинленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжети бар студентлер) ушын арза (зәрүр болса);

9) Жеңиллик тийкарында студентликке усыныс етилгенлер ушын (жеңиллик беретуғын ҳүжжеттиң түп нусқасы, егер болса).

 

Усыныс: Қайсы жоқары оқыў орнына қабылланған болсаңыз, сол жоқары оқыў орнына усы ҳүжжетлерди тапсырыўыңыз соралады.

 

Илажы болса, студенти болған жоқары оқыў орныңыздың социаллық тармақлардағы рәсмий каналларын бақлап барың!

 

Ескертиў: Карантин шараятын есапқа алған ҳалда дәстүрий оқыў басланыўынан алдын жоқары оқыў орынлары усы ҳүжжетлерди талап етиўи мүмкин емес.

 

Ислам Матеков.