ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жоқары оқыў орынларындағы «супер контракт» баҳалары жәрияланды

Жоқары оқыў орынларына кириў ушын жеткиликли балл топлай алмаған абитуриентлер ушын супер контракт баҳалары жәрияланды.

 

Кириў сызығына 4 баллға шекемги жетпегенлер супер контрактти төмендеги муғдарда төлейди:

 

1 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 1,5 есе;

 

1,1 баллдан 2 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 2 есе;

 

2,1 баллдан 3 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 2,5 есе;

 

3,1 баллдан 4 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 3 есе.

 

Топлаған балы кириў сызығына 4 баллдан көп жетпеген, бирақ 56,7 баллдан көп балл топлаған абитуриентлер ушын супер контракт муғдарлары төмендегише:

 

Ең қымбат муғдар юриспруденция бағдарында – 25 есе, яғный 229 млн 184 мың сум.

 

Кейинги орында медицина бағдары – 20 есе, яғный 170 млн 649 мың сум.

 

Қалған бағдарлар 10 ҳәм 15 есе муғдарында белгиленген.

 

Еслетип өтемиз, көрсетилген еселик муғдарлар дегенде билимлендириў бағдарына белгиленген контракт суммасының есеси нәзерде тутылған.

 

Ислам Матеков.