ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Супер контракт» ҳәм 1-курслар ушын контракт төлеў мүддетлери белгиленди

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң протоколы қарарына муўапық, 2020-2021-оқыў жылы ушын еселенген (өтиў сызығына 4 баллға шекем жетпеген) ҳәм дифференциалластырылған («супер контракт») (56,7 баллдан аз топлағанлар) төлемли контракт муғдарлары:

 

— оқыў жылының биринши ярымы ушын кеминде 50 проценти 2020-жылдың 1-декабрь күнинен;

 

— екинши ярымы ушын 2021-жылдың 1-мартынан кешиктирмей төлениўи белгиленген.

 

Сондай-ақ, 2020-2021-оқыў жылында жоқары оқыў орынлары бакалавриатына төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын төлемди өткериў және студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2020-жылдың 1-ноябрь күни етип белгиленген.

 

Ислам Матеков.