ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Супер контракт» бойынша қосымша жеңилликлер бериледи

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң протоколы қарарына муўапық жаслардың оқыўы ушын қолайлы имканият жаратыў мақсетинде қосымша сайлаў ҳуқықы берилди.

 

Оған муўапық, абитуриент өзи сайлаған биринши бағдарға кире алмаған, бирақ 2-, 3-, 4- ямаса 5-бағдарлардың бирине оқыўға кирген болса, онда өз қәлеўи менен биринши сайлаған бағдарында супер контрактта оқыўына рухсат бериледи.

 

Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўынша, өткен жыллары абитуриентлерде бундай имканият болмаған. Олар белгили бир бағдарға оқыўға кирген болса, басқа бағдарда супер контрактта оқый алмаған. Быйыл болса биринши бағдарда оқыўға рухсат берилди. Бул 2-, 3- ямаса 4-бағдарға тийисли емес.

 

Сондай-ақ, сайлаған бес бағдарға да оқыўға кире алмаған абитуриентлер қәлеген бес бағдардың бирин сайлап, супер контрактте оқыўына рухсат бериледи.

 

Ислам Матеков.