ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт ректоры Б.П.Отемуратовтың байрам қутлықлаўы

Ҳүрметли институт жәмәәти! Әзиз устазлар ҳәм студент-жаслар!

 

Бәршеңизди елимиз турмысындағы ең қутлы сәнелерден бири – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман!

 

Өзиниң көп әсирлик тарийхына, миллий раўажланыў жолына ийе болған өзбек тили 1989-жылдың 21-октябрь күни Мәмлекетлик тил статусына ийе болды. Дүнья жүзинде алты мыңға жақын тил ҳәм диалектлер болып, олардан жүзге жақыны ғана мәмлекетлик тил статусына ийе. 1400 тилдиң жоғалып кетиў қәўпин есапқа алсақ, мәмлекетлик тил статусын алған усы жүзге жақын тил арасында Өзбек тилиниң бар екенлиги бизде үлкен мақтаныш сезимлерин пайда етеди.

 

Соңғы статистикалық мағлыўматларда жәрияланыўынша, бүгинги күнге келип дүнья жүзинде 50 миллионнан аслам халық өзбек тилинде сөйлеседи, сөйлесиўшилери саны бойынша дүнья жүзинде 27-орында турады. Мине, усындай кең масштабтағы қолланылыў мүмкиншилиги менен өзбек тили жәҳән тиллери арасында өзиниң мүнәсип орнына, абройына ийе болмақта.

 

Өткен жыллар даўамында өзбек тили беккем ҳуқықый кепиллик ҳәм жоқары статусқа ийе болып, ҳәзирги күнде турмысымыздың барлық салаларында — мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, мәмлекетлер аралық катнасықлар, илим-пән, билимлендириў, медицина, техника, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында кеңнен қолланылып, халықаралық минберлерде жаңлап атырғанлығы итибарға ылайық.

 

Усы жерде келешек ийелери болған жасларымызды жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, терең билим алыўға, тилимиздиң тазалығын сақлаўға, мәмлекетлик тилде ис жүргизиў көнликпелерин жоқары дәрежеде меңгерип, тилимиздиң абройын еле де бәлент шыңларға көтериўге шақыраман.

 

Сизлерди, бүгинги қутлы әййям мүнәсибети менен және бир мәртебе шын жүректен қутлықлай отырып, бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысларыңызда ҳәм оқыўларыңызда табыслар ҳәм әўметлер тилеймен!

 

Институт ректоры               Б.П.Отемуратов